Гиреӯ менен тәмийинленген  миннетлеме бойынша тийкарғы  миннетлеме орынланбаған яки лазым дәрежеде орынланбаған жағдайда өндириў гиреӯге қойылған мал-мүлкке қаратылыӯы мүмкин

Өзбекстан Саӯда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы Банктиң мәпин қорғап  судқа даўа арза менен мүрәжат етип, “КК” шаңарақлық кәрханасы (кейинги орынларда-жуўапкер деп жүрителеди)нан 220 000 000 сум кредит қарызы, 10 117 694,62 сум пайызы, 370 699,46 сум пеня өндириӯди, өндириӯди “У” киши кәрханасы (кейинги орынларда-қосымша жуўапкер деп жүритиледи)ның  гиреӯге қойған мал-мүлкине қаратыӯды сораған.

Анықланыўынша, тәреплер ортасында 2020 жыл 17 сентябрь күни кредит шәртнамасы дүзилген. Кредит шәртнамасына тийкар Банк  жуӯапкерге “нан ҳәм нан өнимлерин ислеп шығарыӯ” үскенелерин сатып алыӯы ушын 36 ай мүддетке, жыллық 14 пайыз төлеӯ шәрти менен 220 000 000 сӯм кредит ажыратқан.

Кредит шәртнамасының 2.3, 2.6-бәнтлерине тийкар тийкарғы кредитти төлеӯге 6 ай жеңиллик берилген, пайызларды ҳәм кейиншелик кредитти төлеӯ мүддети графикте белгиленген муғдарда ҳәр айдың 15 сәнесине шекем әмелге асырылыӯы  белгиленген.

Жуӯапкер шәртнамада белгиленген мүддетлерде кредит ҳәм пайызларын төлемегенлиги себепли 2021 жыл 12 май күнине тийкарғы кредиттен мүддети өткен 14 666 666 сум, пайызынан 10 117 694,62 сум қарызы    пайда болған.

Биринши инстанция судының 2021 жыл 30 июнь күнги ҳал қылыў қарары менен даўа арза  қысман қанаатландырылған. Жуӯапкерден Банк пайдасына 220 000 000 сум кредит қарызы, 10 117 694,62 сум пайызы өндирилген,  өндириӯ қосымша жуӯапкердиң гиреӯдеги мүлкине қаратылған, даӯаның пеня өндириӯди сораған талабы қанаатландырыӯсыз қалдырылған.

Ҳал қылыӯ қарарына наразы болып қосымша жуӯапкер апелляциялық тәртипте арза берген. Апелляциялық арзасында банк тәрепинен  жуӯапкерге ажыратылған кредит мақсетли ислетилгенлиги бойынша мониторинг өткерилмегенлигин, нәтийжеде банктиң айыбы менен кредит пуллар қайтпағанлығын, өндириӯ  кредитке алынған нан цехы үскенелерине қаратылыӯы кереклигин билдирип, ҳал қылыӯ қарарын бийкар етип, өндириӯди жуӯапкердиң мүлкине қаратыӯды сораған.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда-Пуқаралық кодекси деп жүрителеди)ниң 264-статьясының екинши бөлимине муўапық, гиреўге көре қарыздар  гиреў менен тәмийинленген миннетлемесин орынламаған жағдайда кредитор (гиреўге алыўшы) бул миннетлеме бойынша өз талабы гиреўге қойылған мал-мүлктиң баҳасынан усы мал-мүлк ийеси болған шахс (гиреўге қойыўшының) басқа кредиторларына қарағанда имтиязлы түрде қанаатландырылыўына, нызамда белгиленген шегириўлерден кейин ҳақылы болады.

Пуқаралық кодексиниң 279-статьясының биринши бөлимине тийкар гиреӯге алыӯшының (кредитордың) талапларын қанаатландырыӯ ушын өндириӯди қарыздар гиреӯ менен тәмийинленген  мәжбүриятты өзи жуӯапкер болған жағдайларда орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда гиреӯге қойылған мал-мүлкке қаратылыӯы мүмкин.

Тәреплер ортасында 2020 жыл 6 октябрь күни дүзилген ипотека шәртнамасына муўапық, қосымша жуўапкер өзине тийисли болған кафе ҳәм халыққа хызмет көрсетиў имаратын гиреўге қойған.

Апелляция инстанция суды кредитке алынған мүлклер гиреўге қойылмағанлығын, өндириўди басқа мүлкке қаратыўға тийкар жоқ екенлигин, қалаберсе ипотека шәртнамасы бийкар етилмегенлигин яки суд тәрепинен ҳақыйқый емес деп табылмағанлығын итибарға алып, биринши инстанция суды өндириўди гиреўге қаратыў ҳаққында дурыс шешимге келген деп тапқан.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды

экономикалық ислери бойынша

судлаў қурамының судьясы    Гаўҳар Зарипова