ПУҚАРАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУД ҚӘРЕЖЕТЛЕРИ

 

 

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 55-статьясына муўапық, ҳәр кимге өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленеди.

 

Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, суд-ҳуқық тараўындағы кең көлемли өзгерислер өзиниң унамлы нәтийжесин берип келмекте. Буны халқымыздың суд ҳәм басқа да ҳуқықты қорғаў уйымларына берип атырған мүрәжатлары, судларда көрилип атырған ислердиң мазмуны ҳәм онда қатнасып атырған шахслардың ҳуқықый мәденияты дәрежесинен де көриўимиз мүмкин. Әсиресе, соңғы жыллары судлардың ис жүргизиўиндеги ислердиң саны жылдан-жылға артып бармақта.

 

 

Әдил судлаўды әмелге асырыў тиккелей мәмлекетлик бюджет есабынан тәмийинленеди. Онда, судларға мүрәжат етиўде өндирилетуғын мәмлекетлик бажы төлемлери басқа мәжбүрий төлемлер қатарында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетин қәлиплестириўдиң структуралық бөлегин қурайды.

 

 

Соның ушын мәмлекетлик бажыны дурыс белгилеў ҳәм өз ўақтында өндириў үлкен әҳмийетке ийе. Судларға арза, даўа арза бериўде ҳәм суд ҳүжжетлерине апелляция, кассация ҳәм ревизиялық шағымын бериўде мәмлекетлик бажы өндириў муғдары, сондай-ақ, мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген физикалық ҳәм юридикалық шахслардың дизими, сондай-ақ, мәмлекетлик бажыны кешиктириў, бөлип-бөлип төлеў ҳәм азайтыў тәртиби Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуаллық кодекси нормалары менен белгиленген.

 

 

Усы күнге шекем әмелде болған Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Пуқаралық ислери бойынша суд  қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққында»ғы қарары 15 жыл алдын қабыл етилген болып, бул дәўир ишинде нызамшылықта бир қатар өзгерислер жүз берди. Бул болса, усы Пленум қарарын да қайта көрип шыққан ҳалда оның жаңа редакциясын қабыл етиў зәрүрлигин жүзеге келтирди.

 

 

Сол себепли, судлар тәрепинен нызам нормаларын бир түрде ҳәм дурыс қолланылыўын тәмийинлеў, пуқаралық ислери бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелиятында бар кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде 2024 жыл 16 декабрь күни Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының «Пуқаралық ислери бойынша суд қәрежетлерин өндириў әмелияты ҳаққында»ғы 37-санлы қарары қабыл етилди.

 

 

Пленум қарарына судлар тәрепинен мәмлекетлик бажыны өндириўдиң өзине тән өзгешеликлери, сондай-ақ, судларда ҳәр қыйлы әмелият жүзеге келиўине себеп болған жағдайларға толық түсиниклер бериў ҳаққындағы жаңа бәнтлер киргизилди.

 

 

Атап айтқанда, даўа баҳасы сырт ел валютасында белгиленген мүлклик тартыс бойынша судқа арза берилгенде, мәмлекетлик бажының муғдары арза берилген сәнеде Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тәрепинен белгиленген курс бойынша миллий валютада белгилениўи;

 

 

«Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызам менен белгиленген мәмлекетлик бажы ставкаларының пуқаралық ислери бойынша судларға байланыслы бөлиминде шәртнама алды тартыслары бойынша төлениўи керек болған мәмлекетлик бажы ставкалары белгиленбегенлиги ҳәмде Пуқаралық процессуаллық кодекси 129-статьясының 2-бәнтинде мүлкти талап етип алыў ҳаққындағы даўалар бойынша даўаның баҳасы талап етип алынып атырған мүлктиң баҳасына қарап белгилениўи нәзерде тутылғанлығы себепли, шәртнаманы ҳақыйқый емес деп табыў ямаса бийкар етиў ҳаққындағы талаплар бойынша тартысып атырған шәртнамада көрсетилген пул қуны (шәртнама баҳасы) даўа баҳасы есапланыўы ҳәм мәмлекетлик бажы мүлклик характерге ийе даўа арзалары ушын нызамда белгиленген ставка бойынша төлениўи керек екенлиги;

 

«Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызам 8-статьясының биринши бөлиминде көрсетилген шахслар суд ҳүжжетлери үстинен апелляция, кассация, ревизия шағымы менен мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилгенлиги;

 

 

апелляция, кассация, ревизиялық шағымынан ўаз кешилгенлиги себепли шағым бойынша ис жүргизиў қысқартылғанда, төленген мәмлекетлик бажы қайтарылмайтуғыны, егер шағым бериўде мәмлекетлик бажы төленбеген болса, мәмлекетлик бажы шағым берген шахстан өндирилиўи ҳәм басқа да бир қатар суд әмелиятында бар кемшиликлерди сапластырыў бойынша түсиниклер берилген.

 

 

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының 2025 жыл 30 январьда болып өткен ашық суд мәжилисинде «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамының 8, 9, 10-статьялары, 2-бөлиминдеги Саўда-санаат палатасына байланыслы нормаларына түсиник бериў ҳаққындағы мәселе көрип шығылған.

 

 

Конституциялық судтың қарары менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамның 8, 9, 10-статьялары екинши бөлиминиң Саўда-санаат палатасына байланыслы нормаларына төмендеги мазмунда түсиник берилди: «Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳәм оның аймақлық басқармалары – палата ағзаларының мәплерин гөзлеп қылынған даўалар (арзалар) бойынша…» көрсетилген шахслардың талаплары қысман яки толық қанаатландырылмастан қалдырылған жағдайда, мәмлекетлик бажы усы шахслардан талаплардың қанаатландырылмастан қалдырылған бөлимине сәйкес  рәўиште өндириледи» деген норманы, мәмлекетлик бажы арза қайсы шахслардың мәплерин гөзлеп берилген болса, сол шахслардан даўа талапларының қанаатландырылмастан қалдырылған бөлимине сәйкес рәўиште өндириледи, деп түсиниў лазым”.

 

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамды және де жетилистириў мәселесин көрип шығыў усыныс етилген.

 

Буннан тысқары, 2025 жыл 20 февраль күнги 1032-санлы Нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген.

 

 

Усы Нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына тийислигинше ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериў бойынша хызметлер ушын төлемлер бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўалар, арзалар ҳәм шағымлар менен пуқаралық ислери бойынша ҳәм экономикалық судларға мүрәжат етилгенде ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериўшилер мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўин, сондай-ақ олардың талапларын қанаатландырыў толық ямаса бир бөлими қанаатландырылмастан қалдырылған жағдайда мәмлекетлик бажыны усы жеткерип бериўшилерден өндириў имканиятын нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте. Сондай-ақ, сырт ел коммерциялық шөлкемлериниң ўәкилханаларын Өзбекстан Республикасы аймағында аккредитациялаўда мәмлекетлик бажыны төлеў ҳәр бир жыл ушын әмелге асырылатуғынын анықластырыўшы өзгерис киргизилмекте.

 

 

Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленум қарары, Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамының нормаларына түсиник бериў ҳаққындағы қарары, сондай-ақ, усы нызамға киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар әдил судлаўға ерисиўге хызмет етиў менен бирге суд әмелиятында нызамларды анық ҳәм дурыс қолланыўға хызмет етеди.

 

 

 

  Абдимурат КЕРИМБАЕВ,

Қарақалпақстан Республикасы  суды баслығы орынбасары