ПУҚАРАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУД ҚӘРЕЖЕТЛЕРИН ӨНДИРИЎ ТӘЖИРИЙБЕСИ
Әмелдеги нызамшылық мазмунларына көре суд қәрежетлери дегенде пуқаралардың, юридикалық шахслардың, сондай-ақ шет ел пуқаралары ҳәмде пуқаралығы болмаған шахслардың судта белгили-бир процессуал ҳәрекетти әмелге асырыў ушын ҳәм ҳүжжетлер көширмелерин алғанлық ушын мәмлекет пайдасына, сондай-ақ, гуўаларға, экспертлерге, қәнийгелерге, дилмашларға төленетуғын ҳәмде бундай процессуал ҳәрекетлерди әмелге асырыўға төленетуғын басқа қәрежетлер түсиниледи.
Судларда пуқаралық ислерин көриўде суд қәрежетлерин өндириў тәртиби Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамы, Пуқаралық-процессуаллық кодекси ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқаргы суды Пленумының тийисли қарарлары менен белгиленеди.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық-процессуаллық кодексиниң 127-статьясына көре, суд қәрежетлери мәмлекетлик бажы ҳәм исти көриў менен байланыслы шығынлардан ибарат.
Пуқаралық ислери бойынша суд кәрежетлерин өндириўде бирден-бир суд тәжирийбесин енгизиў мақсетинде 2024-жыл 16-декабрьде Өзбекстан Республикасы Жоқаргы суды Пленумының «Пуқаралық ислери бойынша суд қәрежетлерин өндириў тәжирийбеси ҳаққында»ғы 37-санлы қарары қабыл етилди.
Усы Пленум қарарының көрсетпелерине көре, пуқаралық ислери бойынша мәмлекетлик бажы:
- судларға берилетуғын даўа арзалардан, айрықша тәртипте жүритилетуғын ислерге тийисли арзалардан, суд буйрығын бериў ҳаққындағы арзалардан;
- төрешилик судының шешиўши қарарлары бойынша тартысыў ҳақкындағы арзалардан;
- төрешилик судының шешиўши қарарларын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хатын бериў ҳаққындағы арзалардан;
- шет мәмлекет судының ҳәмде шет ел төрешилик судының (арбитражының) шешиўши қарарын тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыў ҳаққындағы арзалардан;
- кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, жәмийетлик бирлеспелериниң ҳәкимшилик ҳәм басқа ғалабалық ҳуқықый қатнасықлардан жүзеге келмейтуғын қарарлары ҳәмде олар лаўазымлы шахсларының сондай ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен берилген даўа арзалардан;
- апелляция, кассация ҳәм ревизия тәртибиндеги шағымлардан:
а) судлардың шешиўши қарарлары үстинен;
б) ис жүргизиўди қысқартыў ҳақкындағы, даўаны көрместен қалдырыў ҳаққындағы, суд жәриймаларын салыў ҳақкындағы уйғарыўлары үстинен;
в) төрешилик судының шешиўши қарарлары бойынша тартысыў ҳақкындағы ислер бойынша уйғарыўлар үстинен;
г) төрешилик судының шешиўши қарарларын мәжбүрий орынлаў ушын орынлаў хаты бериў ҳақкындағы арзалар бойынша уйғарыўлар үстинен;
д) шет ел судының ҳәмде шет мәмлекет төрешилик судының (арбитражының) шешиўши қарарын тән алыў ҳәм орынлаўға каратыў ҳақкындағы арзалар бойынша уйғарыўлар үстинен;
- ҳүжжетлердиң дубликатларын ҳәм көширме нусхаларын (солардан тәкирарый рәўиште берилетуғын суд ҳүжжетлериниң көширме нусхаларын) бергенлик ушын өндириледи.
Суд қарарларының суд қәрежетлери бөлегинен наразы болып берилген апелляция, кассация ҳәм ревизия шағымлары бойынша мәмлекетлик бажы улыўма тийкарларда төленеди, лекин мәмлекетлик бажы менен байланыслы мәселелер бойынша шығарылған уйғарыўларға қарата берилген жеке шағымлар бойынша мәмлекетлик бажы төленбейди.
Нызам менен мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген, суд тәрепинен мәмлекетлик бажы төлеми кешиктирилген яки бөлип-бөлип төлеў белгиленген ҳаллардан басқа барлық жағдайларда мәмлекетлик бажы ҳәм почта қәрежети арза, даўар арза, шағым судқа берилгенге шекем төленеди.
Даўа баҳасы шет ел валютасында белгиленген мүлкий даў бойынша судқа арза берилгенде, мәмлекетлик бажының муғдары арза берилген сәнеде Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тәрепинен белгиленген курс бойынша миллий валютада белгиленеди.
Төлениўи лазым болған мәмлекетлик бажы муғдары арыз етилген талаптың өзгешелигине (мүлкий яки мүлкий болмаған) байланыслы болады ҳәм «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызам менен белгиленген ставкалар бойынша анықланады.
Даўа талабы мүлкий қәсийетке ийе болған жағдайларда мәмлекетлик бажы муғдарын даўагер тәрепинен көрсетилген даўа баҳасынан келип шығып, нызам талабына муўапық судья белгилейди. Мүлкий қәсийетке ийе болған бир неше бөлек талаплардан ибарат даўа арзалардан мәмлекетлик бажы улыўма даўа суммасынан келип шықкан ҳалда өндириледи. Бундай талапларны өз ишине алған мүлкий болмаған қәсийетке ийе даўа арзалардан ҳәр бир талап ушын бөлек мәмлекетлик бажы өндириледи. Бир ўақыттың өзинде мүлкий ҳам мүлкий емес қәсийетке ийе бөлек талаплардан ибарат болған арзалардан мәмлекетлик бажы ҳәр бир талап ушын өз алдына, мүлкий ҳәм мүлкий емес қәсийетдеги арзалар ушын белгиленген ставкалар бойынша өндириледи.
Егер суд тәрепинен ис көрилиўи басқышында даўа баҳасы көбейттирилген болса, мәмлекетлик бажы даўаның көбейттирилген суммасынан келип шыққан ҳалда есапланады. Ал, егер даўа талаплары кемейттирилген ҳалларда төленген мәмлекетлик бажы қайта есаплап шығылмайды.
Мәмлекетлик бажы қарсы даўа арзалардан, үшинши шахслардың иске ғәрезсиз даўа талаплары менен кирискенлиги ҳақкындагы арзалардан ҳәмде иске кирискен даўагердиң ҳуқықый мийрасхорынан мәмлекетлик бажы өндирилмеген болса өндириледи.
Егер арза бериўши нызам яки басқа нызамшылық ҳүжжетлерине көре мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилмеген ҳәм арзада оны төлеўди кешиктириў, кемейттириў, бөлип-бөлип төлеў ҳақкында илтимаснама жоқ болса, сондай-ақ почта қәрежетлери төленбеген болса, судья арзаны қайтарыў ҳаққында уйғарыў шығарады.
Егер физикалық яки юридикалық шахслар өзлериниң суд қәрежетлерин толық яки қсыман төлеўге қурбы жетпейтуғынлығын тастыйықлаўшы дәлийллер (ис ҳақы (дәрамады), банкта қәрежетлери жоқлығы, арза бериўшиниң шаңарағы кем тәмийинленген деп тән алынғанлығы ҳақкындағы ўәкилликли органның мағлыўматы (мағлыўматнамасы) ҳәм т.б) усынылғанда суд тәрепинен илтимаснамаға тийкар мәмлекетлик бажыны төлеўди кешиктириўге яки оны бөлип-бөлип төлеўге жол қойылады.
Пуқаралық ислерин көриў менен байланыслы шығынларға гүўалар, экспертлер, қәнийгелер ҳәм дилмашларға төлениўи лазым болған қәрежетелер; нызам талабына көре жуўапкерди қыдырыў ушын қылынған қәрежетлер суд хабарнамаларын ҳәм суд ҳүжжетлерин жибериў менен байланыслы почта қәрежетлери; суд мәжилисин видеоконференц байланыс режиминде өткериў менен байланыслы қәрежетлер; суд тәрепинен тән алынған басқа зәрүр қәрежетлер киреди. Басқа суд қәрежетлерине суд тәрепинен ақылга уғрас муғдарларда белгиленетуғын, әмелде жойтылған ўақыт ушын өндирилетуғын компенсация, ўәкилдиң жәрдеми ушын төленетуғын қәрежетлер ҳәм басқалар киреди.
Улыўма қағыйдаға көре, ис бойынша суд қәрежетлери ҳақ болмаған тәрептнен өндириледи.
Шешиўши қарар қайсы тәрептиң пайдасына шығарылған болса, суд сол тәрепке екинши тәрептен, егер ол тәреп мәмлекет дәрамадына түсетуғын суд қәрежетлеринен азат етилген болса да, ис бойынша қылынган ҳәмме қәрежетлерди өндирип береди.
Саодат КАИПНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы