Басым ҳәм зорлыққа қарсы биргеликте гүресемиз

Кейинги жылларда Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳуқық ҳәм мәплери, гендер теңликти тәмийинлеў, шаңарақ, аналық ҳәм балалықты қорғаў, ҳаяллар исбилерменлигин раўажландырыў, оларға жаңа жумыс орынларын жаратыў, мийнет ҳәм турмыс шәраятларын жақсылаў, ҳаял-қызларға қарата басым ҳәм зорлықтың алдын алыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Бул мәселе мәмлекет сиясатының әҳмийетли жөнелисине айланды.

Мәмлекетимизде шаңарақтағы басым ҳәм зорлықтың алдын-алыў системасын жетилистириў бойынша 8 норматив ҳуқықый-ҳүжжет, сондай-ақ 2 нызам қабыл етилди.

Атап айтқанда, 2019 жыл 2 сентябрьде «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳақкында»ғы Нызам қабыл етилген. Бул нызам менен басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиниң ҳуқықлары ҳәм мүрәжат етиў тәртиплери, усы тараўда ҳуқық  қорғаў уйымларының ўәкилликлери ҳәм жәбирлениўшини қорғаў усыллары белгилеп берилген.

Нызамның 4-статьясына көре, басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшилер төмендеги ҳуқықларға ийе:

-өзине қарата басым ҳәм зорлық исленгенлиги яки оларды ислеў менен қорқытыў ҳаққындағы арза менен тийисли ўәкилликли уйымларға ҳәмде шөлкемлерге ямаса судқа мүрәжат етиў;

-арнаўлы орайларда, сондай-ақ бийпул телефон линиясы арқалы бийпул ҳуқықый мәсләҳәт, экономикалық, социаллық, психологиялық медициналық ҳәм басқа жәрдем алыў;

-ишки ислер уйымларына қорғаў ордерин бериў ҳаққындағы талап пенен мүрәжат етиў, қорғаў ордери шәртлери бузылған тағдирде оларды бул ҳаққында хабардар етиў;

-өткизилген басым ҳәм ислеенген зорлық нәтийжесинде өзине жеткизилген материаллық зыянның орнын қаплаў ҳәмде руўхый зыян ушын компенсация өндириў ҳақкындағы талап пенен судқа мүрәжт етиў.

Нызамның 3-статьясында басым ҳәм зорлықтың бир неше түрлери сәўлелеп берилген болып, олар жынсый басым, физикалық басым, экономикалық басым, руўхый басым ҳам басқалардан ибарат екенлиги көрсетилген.

Демек, басым ҳәм зорлыққа ушыраған шахстың ҳуқықлары нызам менен қатаң қорғалған болып ҳәм усы нызамды бузғанлық ушын жуўапкершилик белгиленген.

Сондай-ақ, Нызамның 23-статьясында қорғаў ордерин бериў ҳәм оның мүддетин узайттырыў тәртиплери белгиленген болып, Қорғаў ордери басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиге бериледи. Басым өткизген ҳәм (ямаса) зорлық ислеген яки оларды ислеўге мейил болған шахсқа қорғаў ордериниң нусқасы бериледи.

Қорғаў ордерин берген ишки ислер уйымының лаўазымлы шахсы басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахсты қорғаў ордериниң шәртлери ҳәмде оны орынламаўдың ақыбетлери ҳәм басым ҳәм зорлық өткизиў минез-қулқын өзгертиў бойынша дүзелиў бағдарламаларынан өтиў зәрүрлиги ҳаққында хабардар қылады.

Тийисли аймақта басым ҳәм зорлықтан жеке тәртиптеги профилактикасын әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ишки ислер уйымының лаўазымлы шахсы басым ҳәм зорлық факты яки оларды ислеў қәўипи анықланған ўақыттан баслап 24 саат ишинде қорғаў ордерин отыз күн мүддетке шекем береди ҳәм усы ордер рәсмийлестирилген ўақыттан баслап күшке киреди.

Егер қәўип еле сапластырылмаған болса, қорғаў ордериниң әмел етиў мүддети басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиниң арзасына көре көби менен отыз күнге шекем узайттырылыўы мүмкин.

Қорғаў ордерин бериў, узайттырыў яки қорғаў ордерин бериўди ямаса узайттырыўдан бас тартыў үстинен судқа шағым етиўи мүмкин.

Қорғаў ордери талапларының орынланыўы үстинен қадағалаў оны берген ишки ислер уйымы тәрепинен әмелге асырылады.

Қорғаў ордериниң формасы ҳәм оны бериў тәртиби Өзбексстан Республикасы Министрлер Кабинеети тәрепинен әмелге асырылады.

Нызамның 26-статьясында Қорғаў ордеринде нәзерде тутылған шеклеўлер ҳаққында айтылған болып, оған көре, Қорғаў ордеринде төмендеги шеклеўлер нәзерде тутылыўы мүмкин:

Басым өткизиўди ҳәм зорлық ислеўди қадаған етиў;

Басым өткизген яки зорлық ислеген шахстың басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшилер менен байланысын қадаған етиў (жумыс орынларында ҳәм билимлендириў мәкемелеринде басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиниң басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахс пенен тиккелей емес байланысына жол қойылады);

басым өткизилген ҳәм зорлық исленген жағдайда басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиниң ҳәмде басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахстың бир ханада бирге болыўын қадаған етиў;

басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахсқа басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшини емлеў, оған мәсләҳәт бериў, оны басым ҳәм зорлықтан жәбирлениўшилерге жәрдем көрсетиў бойынша арнаўлы орайға жайластырыў ушын қәрежетлердиң, жеткизилген материаллық зыянның орнын қаплаў, сондай-ақ руўхый зыянды компенсация қылыў миннетлемесин жүклетиў;

басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахстың қуралды (хызмет қуралы буннан тысқары) сақлаў ҳәм алып жүриў ҳуқықын қорғаў ордериниң әмел етиўи яки онда көрсеттилген мүддет дәўиринде шеклеў ямаса қадаған етиў, сондай-қурал сатып алыў ушын рухсатнама алыўға байланыслы ҳуқықын шеклеў.

Қорғаў ордериниң әмел етиў мүддети узайттырылған жағдайда усы статьяның 1-бөлиминде көрсетилген талаплардан тысқары, оған басым өткизген ҳәм зорлық ислеген шахстың зорлық минез-қулқын өзгертиў бойынша дүзетиў бағдарламасынан өтиўи ҳаққындағы шәрт мәжбүрий тәртипте киргизиледи.

Егер қорғаў ордерин бериў ҳаққындағы мәселени көрип шығыў ўақтында Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексинде нәзерде тутылған жынаят белгилери анықланса, қорғаў ордерин бериў ҳааққындағы мәселени көрип шығыў менен бир ўақытта ис материаллары жынайый жуўапкершиликке тартыў мәселесин шешиў ушын тийисли ҳуқық қорғаў уйымға жибериледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021 жыл 19 майдағы «Басым ислетиўден жәбир көрген ҳаял-қызларды реабилитация қылыўға байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы Қарары басымға ушыраған ҳаялларға жәрдем көрсетиў системасын жаратыў, шаңарақлық-турмыслық басымның алдын алыў ҳәм оның унамсыз ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған өз ўақтында қабыл етилген қарар болды.

Усы ҳүжжет тийкарында Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жанында 29 ҳаялларды реабилитация қылыў ҳәм бейимлестириў орайы шөлкемлестирилди. Усы ўақытқа шекем реабилитация орайлары мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми сыпатында искерлик жүргизип келген болса, енди оның искерлиги толық Мәмлекет бюджети есабынан қаржыландырылыўы белгиленди.

Басым ҳәм зорлықтан жәбир көрген, өз жанына қаст еткен ямаса соған мейиллиги болған ҳаял-қызлар менен өз-ара байланыс орнатыў ҳәм қыстаўлы руўхый, психотерапевтикалық, ҳуқықый жәрдем көрсетиў, мәсләҳәт бериў ҳәм мағлыўмат бериў мақсетинде «1146» Исеним телефоны, “AZIZ-AYOL.UZ” бирден-бир интерактив миллий платформасы менен муўапықластырылды.

Ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери бузылғанлығы ҳақкында мүрәжат еткен 74 мыңнан артық ҳаял-қызға тараўдың жетик қәнигелери тәрепинен ҳуқықый жәрдем көрсетилди. «Ҳаяллар дәптери»ндеги басым ҳәм зорлықтан жәбирленген, социаллық машқалалары болған 71 мыңнан зыят ҳаял­-қызға маманлы психологиялық көмек берилди. Шаңарақлық басымтың алдын алыў ҳәм оннан жәбир көргенлерге әмелий көмек бериў бойынша Бас прокурор орынбасары басшылығында ўәкилликли мәмлекетлик кәрханалар баслықлары дәрежесиндеги Жумысшы топар искерлиги жолға қойылды.

Бүгинги күнде Парламент тәрепинен ўәкилликли мәмлекетлик кәрханалар менен биргеликте миллий нызамшылықты және де жетилистириў бойынша қатар усыныслар ислеп шығылмақта.

Ҳәр бир ҳаял-қыз басым ҳәм зорлықсыз турмыста қәўипсиз ҳәм бахытлы жасаўға ҳақылы. Оның бул ҳуқықларын аяқ-асты етиў, басым өткизиў нызам менен қорғалады.

Сондай екен ҳәммемиз, жоқарыда келтирип өтилген нызамның орынланыўын тәмийинлеўге ҳәм усы категориядағы ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятлардың алдын-алыў ҳәм олардың ислениўине себеп болыўшы шәраятларды сапластырыўға бирдей жуўаплымыз. Бул жолда ҳәмме ўақытта бирге ислесиўимиз, анықланған ҳәр бир жағдайдан бир-биримизди хабардар етиўимиз ҳәм исленген нызамбузыўшылық ҳалатларын тезлик пенен сапластырыўымыз, айыпкер шахсларға болса жуўапкершилик шаралары бар екенлигин тәмийинлеўимиз лазым болады.

 

 

Абдимурат Керимбаев,  

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы