Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бағдарындағы миллий нызамшылық     

БМШ мағлыўматына көре, дүньяда ҳәр жылы шама менен 2.700.000 адам адам саўдасының қурбанына айланбақта. Халық-аралық экспертлердиң баҳалаўына қарағанда, усы жынаятшылық нәтийжесинде алынып атырған жыллық дәрамат муғдары 7 миллиард АҚШ доллардан асып кеткен. Тәшўишленерлиси адам саўдасы жынаятынан жәбирленгенлердиң 80 пайызы ҳаяллар ҳәм баалалар есапланады. Ҳәр жылы дүнья бойынша 600-800 мың ҳаяллар ҳәм балалар алдаў жолы менен шет мәмлекетлерге алып кетилип, сатып жиберилмекте.

Соңғы жылларда республикамызда пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, суд-ҳуқық системасын реформалаў, ҳуқықбузарлықлардың ерте профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, сол қатары әҳмийетли жөнелис есапланған адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мәжбүрий мийнетти түп тамыры менен жоқ етиў бойынша комплекс ис-иләжлар әмелге асырылмақта.

Адам саўдасы қурбанларын анықлаў, қорғаў ҳәм социаллық реабилитация қылыў, сондай жынаятлар қурбанына айланған пуқараларға медициналық, психологиялық ҳәм басқа жәрдем көрсетиў, адам саўдасына байланыслы шахсларды тергеў қылыў ҳәм жуўапкершиликке тартыў, сондай-ақ, бундай жынаятлардың ислениўине имкан берип атырған шәрт-шәраятларды сапластырыў бойынша тәсиршең иләжлар көрилмекте.

Балалар мийнетине шек қойылды, аўыл-хожалық жумыслары, аймақларды абаданластырыў ҳәм көкилемзарластырыў дәўиринде мәжбүрий мийнетинен пайдаланыўды тоқтатыў бойынша мисли көрилмеген ис-иләжлар әмелге асырылмақта.

Пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин кепилликли қорғаў ҳәм де халық-аралық майданда мәмлекетимиз имиджин асырыў мақсетинде пуқаралық жәмийети ўәкиллери ҳәм усы тараўдағы шет ел ҳүкиметлик емес шөлкемлер менен өз-ара шерикликти тәмийинлеў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 2003 жыл 12 декабрьде «Адам саўдасына ҳәм үшинши шахслар тәрепинен ғарлықтан пайдаланыўына қарсы гүрес ҳаққындағы (1949-жыл 2-декабрь Нью-Йорк) Конвенцияға ҳәм жуўмақлаўшы баянламаға қосылыў ҳақкында»ғы             576-санлы Қарары қабыл етилди.

Буннан тысқары, 2008 жыл 17 апрельде Өзбекстан Респуубликасының «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳақкында»ғы Нызамы қабыл етилди.

Бул нызамның мақсети адам саўдасына қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат болды.

Усы Нызамның қабыл етилиўи мүнәсебети менен 2008 жыл                  16 сентябрьде Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы ЎРҚ-179-санлы нызам қабыл етилди ҳәм нызам менен Жынаят кодексиниң 135-статьясы жаңа редакцияда баян етилди.

 

2008-жыл 8-июльда «БМШның трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы Конвенциясын (Нью-Йорк, 2000-жыл 15-ноябрь) толтырыўшы адам саўдасының алдын алыў ҳәм оған шек қойыў ҳәм оның ушын жазалаў ҳаққындағы протоколды ратификация қылыў ҳақкында»ғы 160-санлы Нызамы қабыл етилди.

Буннан тысқары жоқарыдағы Конвенциялардың ратификация қылыныўы мүнәсебети менен 16.09.2008-жылғы ӨРН-179-санлы нызамы менен Жынаят кодексиниң 8-бөлими төмендеги мазмундағы атама менен толтырылды. Адамлардан пайдаланыў – басқа шахслардың ғарлығынан пайдаланыў яки олардан ышқыпараз пайдаланыўдың басқа формалары, мәжбүрий мийнет яки хызметлер, қуллық яки қуллыққа уқсас әдетлер, ериксиз жағдай ямаса инсан ағзалары ямаса тоқымаларын ажыратып алыў».

Қала берсе, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң         2008 жыл 5 ноябрьде «Адам саўдасынан жәбирленгенлерге жәрдем бериў бойынша республика реабилитация орайын шөлкемлестириў ҳаақкында»ғы 240-санлы қарары қабыл етилди.

Қарар менен төмендегилер адам саўдасынан жәбирленгенлерге жәрдем бериў бойынша республика реабилитация орайының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди:

адам саўдасынан жәбирленгенлерди қолай жасаў ҳәм шахсый гигиена шәрт-шәраятлары, сондай-ақ, азық-аўқат, дәри—дармақ ҳәм медициналық буйымлар менен тәмийинлеў; оларды социаллық бейимлестириў тараўында шет мәмлекетлердиң алдынғы методикаларын үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў; өз қызығыўшылығынан келип шығып кәсип-өнер үйретиў, олардың бәнтлигин тәимийинлеўге көмеклесиў; мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм ғалаба хабар қураллары менен биргеликте кең көлемде алдын алыў профилактика жумысларын шөлкемлестириў; оларды социаллық реабилитация қылыўда көмеклесиў ўазыйпалары белгиленди.

Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында, мәмлекетимиздиң халық-аралық майдандағы унамлы имижин алға сүриўде мәмлекетлик уйымлар искерлигин муўапықластырыўдың тәсиршең системасын жаратыў мақсетинде, сондай-ақ 2017-2021 жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы бойынша белгиленген ўазыйпаларға муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019 жыл 30 июльдағы «Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын жәнеде жетилистириўге байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы                 ПФ-5775-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Пәрман менен адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша республика мекемелераралық комиссиясы Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы етип қайта шөлкемлестирилди ҳәм оның қурамы тастыйықланды.

Миллий комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:

-мәмлекетлик уйымлар ҳәм аймақлық уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес  шөлкемлериниң искерлиги нәтийжелилигин, жақын бирге ислесиўшилигин тәмийинлеў мақсетинде олардың адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўындағы искерлигин муўапықластырыў;

-миллий нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қоллаў әмелиятын жетилистириў мақсетинде адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм де басқа бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ олардың орынланыўын қадағалаў;

-адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша көрилип атырған ис-иләжларды анализлеў, баҳалаў, мониторинг қылыў ҳәм нәтийжелилигин асырыў, усы тараўдағы жынаятларды анықлаў, тергеў қылыў, алдын алыў ҳәм оларға шек қойыў әмелиятын үйрениў;

-адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында нәтийжели халықаралық шериклик ҳәрекетин шөлкаемлестириў, сондай-ақ, усы тараўда хабарларды жыйнаў, анализлеў ҳәм докладлар таярлаў.

Сондай-ақ, Пәрман менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар (қалалар) ҳәкимлерине адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша аймақлық комиссияларға басшылық етиў ўазыйпасы жүкленди.

Буннан тысқары, 2020 жыл 17 августта Өзбекстан Респуубликасының «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳақкында»ғы жаңа редакциядағы               ӨРН 154-санлы Нызамы қабыл етилди.

Бул нызамның мақсети адам саўдасына қарсы гүресиў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат болды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң        2021 жыл 8 февральдағы 60-санлы қарары менен «Адам саўдасынан жәбирленген яки адам саўдасынан жәбирленген деп шамаланып атырған шахсларды идентификация қылыў ҳәм қайта жөнелтириў тәртиби ҳақкында»ғы Реже тастыйықланды.

Бул Реже менен адам саўдасынан жәбирленген яки адам саўдасынан жәбирленген деп шамаланып атырған шахсларды идентификация қылыў ҳәм қайта жөнелтириў тәртиби белгиленди.

 

Буннан тысқары, мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша Халық-аралық Мийнет Шөлкеми Бас Конференциясының 14-сессиясында қабыл етилген «Мәжбүрий мийнет ҳаққындағы 29-Конвенция»сы (Женева,        1930-жыл 28-июнь) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 1997 жыл 30 августтағы 492-санлы Қарарына муўапық ратификация қылынды.

Усы Конвенцияны ратификация қылатуғын Халық-аралық Мийнет Шөлкеминиң ҳәр бир ағзасы ериксиз ямаса мәжбүрий мийнетти қоллаўдың барлық формаларын имкән дәрежеде қысқа мүддетте бийкар етиў миннетлемесин өз мойнына алады.

Сондай-ақ, Халық-аралық Мийнет Шөлкеми Бас Конференциясының                       40-сессиясында қабыл етилген «Мәжбүрий мийнетти сапластырыў  ҳаққындағы 105-Конвенция»сы (Женева, 1957-жыл 25-июнь) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 1997 жыл 30 августтағы 498-санлы Қарарына муўапық ратификация қылынды.

Буннан тысқары, Халық-аралық Мийнет Шөлкеминиң 1930 жылдағы мәжбүрий мийнет ҳаққындағы 29-санлы Конвенциясына Баянламаны (Женева, 2014-жыл 11-июнь) Өзбекстан Республикасының 2019 жыл             25 июньдағы ЎРҚ-545-санлы Нызамы менен ратификация қылынды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң          2018 жыл 10 майдағы «Өзбекстан Республикасында мәжбүрий мийнетти сапластырыўға байланыслы қосымша ис-иләжлар ҳаққында»ғы 349-санлы Қарары қабыл етилди.

Қарар менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, қалалар ҳәм районлар ҳәкимлери, барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары баслықларына:

-пуқараларды, әсиресе, билимлендириў, ден-саўлықты сақлаў мекемелери, басқа бюджет шөлкемлери хызметкерлерин, билимлендириў мекемелери оқыўшылары ҳәм студентлерди мәжбүрий мийнетке, сондай-ақ район ҳәм қалалар аймақларын абаданластырыў ҳәм де көкилемзарластырыў жумыслары, мәўсимлик аўыл-хожалығы жумыслары, металл шығындылары ҳәм макулатура жыйнаў, сондай-ақ, басқа түрдеги мәўсимлик жумысларға қатнастырыў ҳалатларының тезлик пенен алдын алыў ҳәм буған шек қойыў;

-пуқараларды, әсиресе, билимлендириў, ден-саўлықты сақлаў тараўы, басқа бюджет шөлкемлери хызметкерлерин, студентлер ҳәм билимлендириў мекемелери оқыўшыларын мәжбүрий жәмийетлик жумысларға тиккелей ямаса басқаша жоллар менен қатнастырған лаўазымлы шахсларға қарата қатаң интизамий жазалар көриў;

-мәжбүрий мийнеттен пайдаланыў бойынша анықланған ҳәр бир жағдай бойынша тийисли хабарды жуўапкершилик иләжын қоллаў ушын ҳуқық қорғаў уйымларына тезлик пенен жеткизиў тапсырылды.

Жоқарыда аталған ҳүжжетлердиң Өзбекстан Республикасында ратификация қылынғанлығы мүнәсебети менен бир қатар нызамларға ҳәәм кодекслерге өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳақкындағы кодексиниң 49-статьясы яғный мийнет ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызамшылықты бузыў 28.08.2019 жыл ҳәм 21.04.2021 жыллары жаңа редакцияда баян етилди.

Сондай-ақ, усы Кодекстиң 49-1-статьясы яғный «ер жетпеген шахслардың мийнетинен пайдаланыўға жол қойылмаслығы ҳақкындағы талапларды бузыў» 28.08.2019 жыл ӨРН-558-санлы нызамы менен жаңа редакцияда баян етилди.

Усы Кодекстиң 51-статьясы яғный мийнетке ҳәкимшилик тәризде мәжбүрлеў 22.01.2020 жыл ӨРН -603-санлы нызамы менен жаңа редакцияда баян етилди.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының 22.01.2020 жылғы ӨРН 603-санлы нызамы менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодекси     148-1, (ер жетпеген шахслардың мийнетинен пайдаланыўға жол қойылмаслығы ҳақкындағы талапларды бузыў) ҳәм 148-2-статьялары (мийнетке ҳәкимшилик тәризде мәжбүрлеў) менен толтырылды.

Сондай-ақ усы Кодекстиң 148-статьясы жаңа редакцияда баян етилип, оған бола, «»Биле турып, нызаммсыз рәўиште жумыстан босатыў, сондай қылмыслар ушын ҳәкимшилик жааза қолланылғаннан кейин исленсе базалық есаплаў муғдарының 25 есесине шекем жәрийма яки үш жылға шекем арнаўлы ҳуқықтан айырыў ямаса үш жылға шекем мийнет дүзетиў жумыслары менен жазаланатуғынлығы белгиленди.

Жуу Сондай-ақ, Халық-аралық Мийнет Шөлкеминиң 1930 жылдағы мәжбүрий мийнет ҳаққындағы 29-санлы Конвенциясына Баянламаны (Женева, 2014-жыл 11-июнь) Өзбекстан Республикасының 2019 жыл    25 июньдағы ӨРН-545-санлы Нызамы менен ратификация қылынды.

Жуўмақлап айтқанда, адам саўдасы, оның инсаный ҳуқық ҳәм еркинликликлерин нызамсыз рәўиште әйне инсан тәрепинен кемситилиўи, жоққа шығарылыўы кеширип болмас жынаят есапланады. Сол себепли адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнеттиң ҳәр қандай көринисине қарсы гүресиў халық-аралық ҳәм регионаллық дәрежеде өз-ара шерикликке тийкарланса ғана жақсы нәтийже бериўи мүмкин.

 

 

Абдимурат Керимбаев

Қарақаолпақстан Республикасы

суды судьясы