Питимлер менен байланыслы  пуқаралық ислердиң көрилиӯ тәртиби

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 101-статьясына көре,  питимлер деп – пуқаралар
ҳәм юридикалық шахслардың пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелерин белгилеў, өзгертиў яки бийкарлаўға қаратылған ҳәрекетлерге айтылады.

Питимлер бир тәреплеме, еки тәреплеме яки көп тәреплеме (шәртнамалар) болыўы мүмкин.

Питим дүзиў ушын нызам ҳүжжетлерине яки тәреплердиң келисимине муўапық бир тәрептиң ерки зәрүр ҳәм жетерли болса, бундай питим бир тәреплеме питим есапланады.

Шәртнама дүзиў ушын еки тәреп (еки тәреплеме питим) яки үш ямаса оннанда көп тәреп (көп тәреплеме питим) келисип ерк билдирген болыўы керек.

Демек, еки ямаса бир неше шахстың пуқаралық ҳуқықлары ҳәм миннетлемелерин жүзеге келтириў, өзгертиў ямаса бийкар етиў ҳаққындағы келисим шәртнама деп аталады.

Өз нәўбетинде тәреплер ортасындағы келисимге көре тәреплер кирисип атырған ҳуқықый мүнәсебеттиң ҳәм тәреплер өзлерине алып атырған миннетлемелердиң мазмунына көре шәртнамларда түрлерге бөлинеди.

Пуқаралық ислери бойынша судларында питимлер менен байланыслы ислерден ең көп ушырасатуғын ислер бул қарыз өндириӯ ҳаққындағы ислер болып табылады.

Қарыз шәртнамасы бойынша бир тәреп (қарыз бериўши) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) пул ямаса түрге уқсас белгилери менен белгиленген басқа буйымларды мүлк етип береди, қарыз алыўшы болса қарыз бериўшиге бир жола ямаса бөлип-бөлип, усындай суммадағы пулды ямаса қарызға алынған буйымлардың түри, сыпаты ҳәм муғдарына тең нәрсени (қарыз суммасын) қайтарып бериў мәжбүриятын алады. Қарыз шәртнамасы пул яки мүлклер тапсырылған ўақыттан баслап дүзилген есапланады.

Қарыз шәртнамасының ҳуқықый белгилерине бола бул шәртнама реал есапланады, себеби тәреплер арасында ҳуқық ҳәм мәжбүриятлар шәртнама предмети болған пул ямаса мүлктиң тапсырылыўынан жүзеге келеди ҳәм шәртнама сол ўақыттан дүзилген есапланады.

Қарыз бериўши қарыздың қайтарылыўын талап етиў ҳуқықына ийе болса, қарыз алыўшы алған пулды яки мүлкти қайтарыў мәжбүриятын өз мойнына алады.

Қарыз шәртнамасы мүлкке ийелик ҳуқықы бир шахстан екинши шахсқа өтетуғын шәртнамалардан есапланады. Мәселен, қарыздар қарызға алынған нәрсени өз ықтыяры бойынша басқарады ҳәм қарызға алынған нәрсениң өзин қайтармастан алған пулы яки усы қарызға алынған нәрсениң түри, сыпаты ҳәм муғдарына тең болған басқа мүлкти қайтарыўға мәжбүр болады.

Қарыз шәртнамасы пуқаралар арасында, егер бул қарыздың суммасы ең кем ис ҳақының он есесинен артық болса, әпиўайы жазба формада дүзилиўи шәрт, шәртнамадағы тәреплерден бири юридикалық шахс болғанда суммасынан қарамастан жазба түринде дүзилиўи шәрт. Қарыз шәртнамасының жазба формасына әмел қылмаў Пуқаралық кодексиниң 109-статьясында нәзерде тутылған ақыбетлерге алып келеди.

Егер қарыз алыўшының тил хаты ямаса оған қарыз бериўши тәрепинен белгили сумма ямаса белгили муғдардағы мүлклер тапсырылғанлығын тастыйықлайтуғын басқа ҳүжжет бар болса, қарыз шәртнамасы жазба формада дүзилген есапланады.

Егер қарыз мәжбүрияты қарыз алыўшы тәрепинен берилген вексель, облигация ямаса қарыз суммасын ҳәм қарыз бериўшиниң оны өндирип алыў ҳуқықын белгилейтуғын басқа қымбатлы қағаз бенен тастыйықланған болса, қарыз шәртнамасының жазба формасына әмел қылынған есапланады.

Питимниң әпиўайы жазба формасына әмел етпеў оның ҳақыйқый емеслигине алып келмейди, бирақ даўа шыққан жағдайда тәреплерди питимниң дүзилгенлигин, мазмунын ямаса орынланғанлығын гүўалардың көрсетпелери менен тастыйықлаў ҳуқықынан маҳрум етеди. Тәреплер питимниң дүзилгенлигин, мазмуны ямаса орынланғанлығын жазба яки басқа дәлийллер менен тастыйықлаўға ҳақылы. Нызамда яки тәреплердиң келисиминде туўрыдан-туўры көрсетилген жағдайларда питимниң әпиўайы жазба формасына әмел етпеў оның ҳақыйқый емеслигине алып келеди. Жазба формада дүзилген питимди, егер ис зәрүрлиги әдетлеринен басқаша тәртип келип шықпаса, тәреплер ямаса олардың ўәкиллери имзалаўы керек. Егер нызам ҳүжжетлерине ямаса қатнасыўшылардан бириниң талапларына қайшы болмаса, питим дүзиў ўақтында имзадан факсимеле усылында нусқа көшириў үскенелеринен пайдаланыўға жол қойылады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 736-статьясы            2-бөлимине көре, егер қарыз шәртнамасында қарызды бөлип-бөлип қайтарыў нәзерде тутылған болса, қарыз алыўшы қарыздың нәўбеттеги бөлимин қайтарыў ушын белгиленген мүддетти бузған жағдайда, қарыз бериўши қарыздың қалған барлық суммасын тийисли пайызлар менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы.

Егер қарыз шәртнамасында қарыз бойынша пайызларды қарыздың өзин қайтарыў мүддетинен алдын төлеў нәзерде тутылған болса, бул мәжбүрият бузылған жағдайда, қарыз бериўши қарыз алыўшыдан қарыз суммасын тийисли пайызлары менен бирге мүддетинен алдын қайтарыўды талап етиўге ҳақылы.

Қарыз алыўшы пул ямаса басқа мүлклерди қарыз бериўшиден әмелде алмағанлығын ямаса шәртнамада көрсетилгенинен кем муғдарда алғанлығын дәлийллеп, қарыз шәртнамасы бойынша даўаласыўға ҳақылы.

Жазба формада дүзилиўи лазым болған қарыз шәртнамасы бойынша гүўалардың көрсетпелери жәрдеминде даўаласыў мүмкин емес. Бирақ, шәртнама алдаў, зорлық ислетиў,  қарыз алыўшының ўәкили қарыз бериўши менен жаман нийетте келисиўи ямаса қыйын жағдайлар тәсиринде дүзилген жағдайлардан тысқары. Егер қарыз алыўшы қарыз шәртнамасы бойынша даўаласыўы даўамында пул ямаса басқа мүлклер ҳақыйқаттан да қарыз бериўшиден алынбағанлығы анықланса, қарыз шәртнамасы дүзилмеген есапланады. Қарыз алыўшы қарыз бериўшиден пул ямаса басқа мүлклерди шәртнамада көрсетилгенинен әмелде кем муғдарда алған жағдайда шәртнама усы муғдардағы пул ямаса буйымларға дүзилген есапланады.

Әмелиятта усы мазмундағы ислерди көргенде айрым ӯақытлары қарыз алыӯшы қарыз бериӯшиге алган қарызын қайтарған, бирақ қарызды қайтарып берген ӯақтында қарыз алғанда жазып берген тил хатын қайтарып алмаған яки қарыз бериӯшиден қарызын қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат жаздырып алмаған жағдайлар көп ушырасады.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 257-статьясына         1-бөлимине көре, кредитор,  миннетлемениң орынланыӯын қабыл етип алған ӯақытта, қарыздардың талабы менен оған миннетлемениң толық яки қысман орынланғанлығын қабыл етип алғанлығы ҳаққында тил хат бериӯи шәрт.

Әпиуайы тил менен айтқанда, қарыз алыӯшы алған қарызын қарыз бериӯшиге қайтарған ӯақтында қарыз бериӯшиден берген қарызын толық яки қысман қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат бериӯди талап етиӯге ҳақылы ҳәм қарыз бериӯши бундай тил хат бериӯи шәрт.

Ал, усы статьяның 2-бөлиминде болса, егер қарыздар миннетлемени тастыйықлаӯ жүзесинен кредиторға қарыз ҳүжжети берген болса,   кредитор орынлаӯды қабыл етип атырған ӯақытта усы ҳүжжетти қайтарып бериӯи, қайтарып бериӯдиң имканияты болмағанда болса – буны өзи берип атырған тил хатта көрсетиӯи керек.

Демек, қарыз алыӯшы қарыз бериӯшиге қарыз алғанлығы ҳаққында тил хат жазып берген болса, қарыз бериӯши берген қарызын қайтарып алғанда бул тил хатты қайтарып бериӯи, егер оны қайтарып бериӯ  имканияты болмаса – бул ҳаққында өзи берип атырған тил хатта көрсетиӯи керек.

Мысалы, талапкер Р.К. жуӯапкер К.Ғдан 10.000.000 сум қарыз өндириӯ ҳаққындағы даӯа арза менен судқа мүрәжат еткен. Суд мәжилисинде жуӯапкер К.Ғ.  талапкер Р.К.дан алған қарызын толығы менен қайтарып бергенлигин, оны гуӯа С.К. тастыйықлайтуғынлығын билдирген. Бирақ жуӯапкер К.Ғ.  қарыз бериӯши Р.К.дан өзиниң қарыз алған ӯақтында жазып берген тил хатын кайтарып алмаған ямаса қарыз бериӯши Р.К.дан қарызын қайтарып алғанлығы ҳаққында тил хат алмаған.

Бундай жағдайда жоқарыда атап өткенимиздей қарыз алыӯшыны алған қарызын қайтарып бергенлигин гүўаларының көрсетпелери менен тастыйықлаў ҳуқықынан маҳрум етеди.

Жуӯмақлап айтқанда, судларда питимлер менен байланыслы ислердиң көбейип атырғанлығына пуқараларымыздың нызамларды билмеслиги ямаса түсинбеӯшилиги десек қәтелескен болмаймыз. Сол себепли  пуқаралар ортасында қарыз шәртнамалары  бойынша ҳуқықый үгит-нәсият жумысларын системалы түрде алып барыӯ зәрүр деп есаплайман.

 

Қарақалпақстан Республикасы

суды судьясы                                                                  Зульфия Бабаджанова