Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды тәрепинен ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди

Тақыятас районы «Тақыятас» макан пуқаралар жыйыны имаратында Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы Р.Бекмуратованың басшылығында ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди. Онда 1989-жылы туўылған, ўақтынша жумыссыз, алдын судланбаған Тақыятас районы «Бухара» көшесинде жасаўшы Т.Р ның қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлими менен топланған жынаят иси көрип шығылды.

Т.Р 2023-жыл 09-март күни саат 12:40лар шамасында пуқара Д.Х ға тийисли болған «Кобальт» маркалы автомашинасын исеним хат тийкарында Нөкис қаласы Тақыятас гүзары менен Тақыятас районы тәрепке қарай басқарып баратырып, сол көше бойында жайласкан Халық билимлендириӯ бөлимине қараслы 25-санлы орта билим бериў мектеби жанында жайласқан пиядалар өтиў жолында әмелдеги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-апрель күнги 172-санлы Қарары менен тастыйықланып, 2022-жыл 1-май күни күшине кирген «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 11-бәнти “г” киши бәнти, 77-бәнти, 111-бәнтлеринде көрсетилген қағыйдаларға әмел етпестен жолды оң тәрептен шеп тәрепке қарай кесип өтип баратырған жас өспирим А.К ны автомашина алды тәрепи менен урып алған. Нәтийжеде жас өспирим А.К дене жарақатын алып емлеўханаға жатқарылған.

 

Суд-медициналық экспертизасының 27.03.2023-жылдағы жуўмағында А.К “оң ҳәм киши балтыр сүйеклери орта үшлигинен майдаланып сүйек бөлекшелеринин сылжып ашық сыныўы. Оң балтыр орта үшлигиниң езилген жарасы” түриндеги дене жарақатлары жеткизилген болып, мийнет жарамлығының турақлы 1/3 бөлиминен көплеў жоғалыўына алып келген “аўыр” дәрежедеги дене жарақатлар қатарына киреди» деп кѳрсетип ѳтилген.


Солай етип, Т.Р өзиниң жоқарыдағы ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты сәдир еткенликте гүмән қылыныўшы қатарында иске тартылған.

 

Нөкис қаласы прокуроры тәрепинен тастыйықланған, Нөкис қаласы ИИБ ЖМБ жанындағы Тергеӯ бөлими аға тергеӯшиси А.Досназаровтыӊ 2023-жыл 17-апрель күнги қарарына көре, гүман қылыныўшы Т.Р ның қарсысына Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлими менен топланған жынаят иси, тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен қысқартыў мәселесин шешиў ушын судқа жиберилген.

 

Суд, жас өспирим жәбирлениўши А.К ныӊ нызамлы ўәкили ҳәм де пуқаралық даўагер Д.Х гүман қылыныўшы Т.Р менен жарасыў ҳаққындағы арзаларын жынаят иси ҳүжжетлери менен үйренип, исте қатнасып атырған прокурордың жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен өндиристен қысқартыў ҳаққындағы пикирин тыңлап, гүман қылыныўшы Т.Р ның алдын судланбағанлығын, айыбын толық мойынлап турғанлығын, жәбирлениўши ҳәм пуқаралық даўагерге келтирилген зыянлардың толық қапланғанлығын, тәреплердиң жарасыўы бойынша тәреплерге бирде-бир басым болмастан өз қәлеўлери менен болғанлығын ҳәмде Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаят Жынаят Кодексиниң 66-1-статьясына муўапық, жарасыўға түсетуғынлығын инабатқа алып, Т.Р ныӊ қарсысына жүритилген жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен өндиристен қысқартыўды лазым тапты.

 

Райса Бекмуратова,

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы