Жақсының аты өшпейди…

9-май Еслеў ҳәм қадирлеў күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов ҳәм судьялар тараўда ислеп, пандемия ақыбетинде қайтыс болған мархум судья Бегдулла Ауезимбетовтың шаңарағында болып олардың хал жағдайларынан хабар алды.

Бегдулла Ауезимбетов 1976-жылы Хожели районында туўылған. 2006-жылы жоқары мағлыўматқа ийе болған ол 14 жыл жумыс суд-ҳуқық тараўында жемисли мийнет етти. Ол 2017-жылдан өмириниң соңғы күнлерине шекем Шымбай районы ҳәкимшилик судының баслығы лаўазымында иследи.

Мархум кәсиплесин еске алар екен, оның перзентлерине әкесиниң жақсы адамгершиликли пазыйлетлерин мақтаныш етти. Өмир қысқа, бирақ сондай инсанлар бар, бул қысқа ғәниймет өмирде ислеген ийгиликли ислери, жақсылықлары, адамгершиликли пазыйлетлери менен жақынларына, әтирапындағы дос-яранларына мың жылға татырлық естелик қалдырып кетеди.

“Бегдулла сондай жақсы инсан еди, бүгинги исти ертеңге қалдырмайды. Оқып, излениўден ҳеш шаршамайтуғын еди. Бизлер университетте бирге оқыдық. Жасы бизлерден бираз үлкен болса да барқулла өзиниң кишипейиллиги, бир сөзлилиги менен группаласлары арасында ҳүрмет-иззетке ийе еди. Суд тараўында бирге ислесиў бахыты несип етти. Ол әдилликти өзиниң қорғаны деп билди. Буның ушын бар күш-жигерин аямады”-дейди Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының баслығы Бекбаўлы Досымбетов кәсиплесип еслеп.

Дурысында да, жақсының аты өшпейди. Әке жолын даўам еттирип атырған екинши перзенти Айзада бүгинги күнде Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судында судья жәрдемшиси болып жумыс ислеп атыр. “Мен әкем менен мақтаныш етемен. Келешекте әкеме уқсаған судья боламан. Оның ислеген дәўиринде кийген мантиясын көзимниң қарашығындай сақлап қойыппан. Қуда қәлесе, судья болғанымда усы мантияны кийемен. Әкемниң руўхы мени қоллайды”-дейди Айзада.

Әлбетте, өткенлерди яд етип, олардың мүбәрек естелигине ҳүрмет көрсетиў инсаныйлықтың ең жоқары өлшеми.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы суды