Жарасқанлық мүнәсибети менен жынаят иси өндиристен қысқартылды

Бүгин жоллар автотранспортлар менен толы, пиядаларда соған жараса. Деген, менен жоллардағы азғана итибарсызлық ақыбетинде кимниңдур денсаўлығына зыян жеткериў, яки өмирине заўал болыў мүмкинлигин пияда да, транспорт басқарыўшылары да есте тутса пайдадан жырақ болмас еди.

Жынаят ислери бойынша Нөкис районлық судында өткерилген ашық көшпели суд мәжлисинде транспорт ҳәдийдесине байланыслы ис көрип шығылды. Автотранспорт басқарыўшысының ҳәрекет қәўипсизлигине итибарсызлығы ақыбетинде жүз берген транспорт ҳәдийсеси райондағы “Төктаў” мәкан пуқаралар жыйынында аймақ турғынларының қатнасыўында көрилди.

Суд процессинде  гүман етилиўши қылыныўшы 1986-жылы Нөкис районында туўылған “М” исмли шахс  дәслепки тергеў уйымы ҳүжжетлерине бола, 2023-жылдың 3-март күни саат 19:00 лар шамасында, өзиниң басқарыўындағы әжағасына  тийисли болған “Спарк” маркалы автомашинасын Нөкис районы “Саманбай” аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан өтип турған 4Р175 асфальт жолы менен басқарып баратырып, усы жолдың 3-4 километр аралығына келген, жолды пияда өтип кесип өтип атырған жас өспирим “Н” ды автомашинасыныӊ алды тәрепи менен қағып алған. Нәтийжеде жас өспирим дене жарақатын алып емлеўханаға түскен. Солай етип, “М” жоқарыда көрсетилген жынайый ис ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислеген.

Дәслепки тергеў дәўиринде гүман етилиўши “М” жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкили “В” Нөкис районы ишки ислер бөлими баслығына арза менен мүрәжат етип, жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен қысқартыўды сораған.

Ис бойынша жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкили “В” 2023-жыл 3-март күни саат 19:00 лар шамасында, жолды пияда өтип кесип өтип атырған жас өспирим баласы “Н”ды бир автомашина қағып кетип емлеўханаға түскенлигин, ҳәзирги ўақытта баласының денсаўлығы жақсы екенлигин, бул ўақыя бойынша “М” кеширим сорағанлығын, оның менен өз-ара жарасып кеткенлигин, ол келтирилген зыянларды толық тѳлеп бергенлигин, оған ҳеш қандай арза даўы жоқлығын, сол себепли “М”ның қарсысына қозғатылған жынаят исин жарасыў мүнәсибети менен ѳндиристен қысқартыўды сорап, арзасын өз ерки менен жазғанлығы, оған бирде-бир сырттан тәсир болмағанлығы, жарасыў суд тәрепинен тастыйықланғаннан кейин келип шығатуғын ҳуқыйқый ақыбетлерди түсингенлиги ҳакқында көрсетпе берип, жынаят исин қысқартыўды сорады.

Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 66-1-статьясына муўапық, Жынаят Кодексиниң  266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислеген шахс, егер ол өз айыбын мойынласа, жәбирлениўшилер менен жарасса ҳәм жеткерилген зыянды қапласа, жарасқанлық мүнәсибети менен жынайый жуўапкершиликтен азат етилиўи мүмкин. Сонлықтан, суд жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкили “В” ны  ҳәм гүман етилиўши “М” ның жарасыў ҳаққындағы арзаларын, жынаят ис ҳүжжетлери менен бирге үйренип, Нѳкис районы прокуроры жәрдемшисиниң жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен қысқартыў ҳакқындағы пикирин тыңлап, гүман етилиўшиниң алдын судланбағанлығын, айыбын толық тән алғанлығын ҳәм жеткерилген зыянның толық қапланғанлығын, жәбиркеш ҳәм гүман етилиўшиге сырттан тәсир болмағанлығын, жарасыў олардың қәлеўи менен болып атырғанлығын ҳәм Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаят Жынаят Кодексиниң 66-1-статьясына муўапық, жарасыўға түсиўин инабатқа алып, “М”ның қарсысына жүргизилген жынаят исин жарасқанлық мүнәсибети менен өндиристен қысқартыўды уйғарды.

 

АЗАТ СЕЙТАНОВ,

Жынаят ислери бойынша Нөкис районлық судының баслығы